⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ӘТИРАП

Қарақалпақша

ат. Дөгерек, төрт тәреп, айлана, жән-жақ. Еки муздың түйискен усы жеринен басқа әтирапта өткел жоқ еди (К.Султанов). Қыздай салланған ақ терекли аўы .дың әтирапы алпыс түрли бағ (К.Султанов). Думан серпилип, түнниң бир қабат пердеси ашылғандай әтирап жақтыланды (К.Султанов). Гүмпейиниң жеңи менен жасын сүртип, әтирапта бир қарады да, тағы түнерди (К.Султанов). Әтирапта самал менен тамырынан суўырылып кетиўге сәл қалып турған қаңбақлар, узағырақта шала қуўраған қамыс қопалар көринеди (М.Нызанов). Әтирапта атқа азық болғандай отын да жоқ (К.Каримов). Аш-арықтың балларын, Әтирапына топлады («Қырқ қыз»).