ӘТШӨК
Қарақалпақша
ат. Бәхәрде келетуғын басында тажы бар, сыртқы көриниси сулыў қус.
Арашаға керек Қоблан, деп әтшөклер күлип кетти (И.Юсупов).
Дийўалдағы саат — әтшөк, Үш шақырды ҳәпзаматта (И.Юсупов).
«Гүл жүзине қонба» деп таңғы шық кейир шаңға, Ийнеликлер үймелеп, әтшөклер шақырғанда (И.Юсупов).
Мен келемен бурқасынлап әтшөк ғайындай, Сен асықпай китап оқып жатасаң үйде (И.Юсупов).
Суў келмеди көк шыққанда, Әтшөк қусдар шақырғанда (Бердақ).