ӘҲМИЙЕТ
Қарақалпақша
ат. Керек, дәркар, зәрүр, тәсир, қәжет, мүтәж.
Таңсықбаев еринбеди, жасаў орнына барып көриўди мақуд тапты ҳәм бул бир қарағанда әпиўайы ис, жеткиликли дәрежеде алып барылса, ылайықлы әҳмийетке ийе мағлыўмат болатуғынына көзи жетти (Ш.Айтматов).
Бир мәртебе әжел аўзынан қалған адамға есинен адасыў ямаса адаспаўдың қандай әҳмийети бар? (К.Каримов).
— Оның әҳмийети жоқ! — қол силтеди дәрўиш (К.Каримов).