⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ӨЖИРЕ

Қарақалпақша

(а. ҳужратун — «бөлме», «камера», «каюта»), ат. Жайдың бөлмеси, тамның бөлинген бөлеги, бөлме, қабат. Мийманлар отырған өжиреден шығып, екинши өжиреге кирди (Қ.Аралбаев). Оның бир өжиреси китапқа толы (Ж.Аймурзаев). Ерназарды жасаўыллар сарай ҳаммамына апарып жуўындырып, шаштәрезге сақал-муртын алдырып, пардозлап кийиндирип, хан палўанның өжиресине апарды (К.Султанов). Усы ўақытқа дейинги ҳеш бир гәп, өжирениң ишиндеги барлық адамларды өзине буншалық бөнтлемеген, тартпаған еди (А.Садықов). Адасып көп жүрдим мен күпә-күндиз, Шексиз өмир өжиреси Шахаман (Ә.Әжиниязов).