ӨЗ
Қарақалпақша
Иалм.
1. Тартым қосымтасы қосылған атлықтың алдында келип, адам яки заттың тартым қосымтасы тийисли адамға (1, 2, ямаса 3-бетке) қатнаслы екенлиги анлатылады.
Бунда адам мәниси бетлик қосымтасы арқалы реалласады, өз сөзи айрықша атап өтиў ушын қолланылады.
Өз үйим.
Өз қәлеўи.
Ол өз исине күтә шаққан еди (Қ.Айымбетов).
Шымшық өз тасына батпан, Ешек озсам дейди аттан (И.Юсупов).
Анасының «Күн шаңғытып, даўыл турса суў тасыйды» дегенлери өз тастыйығын таппағанына қыйналысты (Ө.Өтеўлиев).
Ол — өз мийнети менен күн көрген киси (Ж.Аймурзаев).
2. Тартым қосымтасы менен келгенде: 1) ис-ҳәрекет усы қосымта билдирген адамға тийислилигин билдиреди.
Өзим жаздым.
Өзиң жаздың.
Өзи жазды.
Өзим қатар өскен балалар бәримиз, Билер еди хәр ким өзиниң кәрин (Ә.Әжиниязов).
Өзлери бизлердиң мийнетимизди сорып, жуўан қарын бай болажақ (К.Султанов).
2) 3-бет формасында (өзи) ис-ҳәрекет ҳеш кимниң қатнасысыз болғанын, орынланғанын билдиреди: өзинен-өзи.
Шыра өзи өшип қалды.
Айна өзи ашылып кетти.
3) Сораў мазмундагы ғәплерде айрықша атап өтиў, күшейтиў ушын қолланылады.
(Бунда бетлик мәни болмайды).
Сизлер кимлерсиз, өзи? (Ө.Өтеўлиев).
Өзин ер билиў — өзин басқалардан жоқары ҳәм батыр деп санаў.
Өзиңди ер билсең, бирэўди шер бил (ққ.х.н.).
Өз аўаныша жибериў — өз жөни, қалай болса солай.
Қайықтың басын өз аўанына жиберди (Ж.Аймурзаев).
Өзли-өзи сөйлесиў — өзине бейим, өзине жақын адамлар, өз ара.
Буннан кейин өзли-өзи сөйлесип, ҳәр ким билгенин айтады (Ө.Хожаниязов).
Ақырында өзли-өзи сөйлесип муңласып бириге баслады (С.Мәжитов).
Оған кесент етпей, өзли-өзи әсте сөйлесип отырады (М.Нызанов).
Өз ара — еки ямаса бир неше адамлар яки тәреплер ортасындағы.
Бул халықларымыз арасындағы исеним ҳәм өз ара түсиниўдин артыўына хызмет етеди (ғазетадан).
Өз бетинше — еркин түрде, басқалардың тәсирисиз, жеке, өзи менен өзи.
Жоқары оқыў орынларында өз бетинше билим алыў, билим ҳәм көнликпелерди қәлиплестириў режели ҳәм әсте-ақырлы қупенен қурамаласып, жоқарылап баратуғын басқышлар көринисинде алып барған мақсетке муўапық болады (сабақлықтан).
Өзине келиў — ақыл-ҳуўшы жақсыланып, орташа ҳалатқа келиў.
Келини бираздан соң әсте-ақырын өзине келе баслады (ғазетадан).
Өзинен өзи қ. өз-өзинен.
Өзин услаў, өзин басыў — адамның ҳәр қандай ҳалатта да өзин басқара алыўы, сезимге берилип қызбалық етпей, ақылға муўапық ис кылыўы.
Өз-өзинен — өзинен өзи; себеп, тийкары белгисиз ҳалда.
Әдебий китаплар көзин шайдай ашқанда сабаклықларынан басқа нәрсе оқымай жүргенине өз-өзинен уялды (Ө.Өтеўлиев).
«Қумбасқан» деген атамалар өз-өзинен пайда болмаған (Ө.Өтеўлиев).
Өзин-өзи басқарыў — жәмийет ағзаларының өзлерине берилген өзин-өзи қадағалаў ҳәрекети.