ӨЗГЕРИЎ
Қарақалпақша
ф. Басқаша сапаға көшу, басқа түрге ену, алмасу.
Самал биресе арқадан, биресе қубыладан есип, тез өзгерип турды (М.Әбдиреймов).
Әметтиң сырайы өзгерип кетти (Т.Қайыпбергенов).
Тал болса да ески көз көрген еди, Аўыл танымастай өзгерген еди (Ә.Әжиниязов).