ӨЗЕК I
Қарақалпақша
ат. Ағын судан бөлинип турған дәрьяның саласы, жап, канал.
Шәмен деген бир адам қоныс издеп жүрип балықты бир өзектиң үстине шыққан (Қ.Ирманов).
Ол кеме көп қатынайтын өзекке бурылмады (Қ.Султанов).
Бирақ күз маўсымы бастанып, дәрьяның сўы тартылған соң көлге қуйып турған өзектиң сағасы кесилип еди, балық көлде атаўлап қалды (Қ.Султанов).