⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ӨЗЕК II

Қарақалпақша

ат. 1. Негиз, тикер, түбир, орай. «Усталы ел дүзелер, өнерлиниң қолы алтын» деген халық сөзиниң өзеги де осында (Г.Есемуратов). Қарасындай көзимниң, өзеги бир өзбегим (Г.Есемуратов). Жағыста күшти жарылыстар жүз бергендесуўбетине көтерилген ғубыжық кинопленкаларға алынып, хужжетти фильмге өзек болады (Ө.Өтеўлиев). 2. Түрлише өсимликлердиң бақалының, орайындағы негизги бөлиги. Самал шақырып сөйлеп турғандай болар, Өзегин өрт шалып күйген қараман (И.Юсупов). 3. Сызлаўықтың ортасындағы жулын сияқлы ақ зат. 4. аўс. Жутқыншақтан асқазанға шекемги асқат өтетин жол, өңеш. Әметтиң өзегине от түсти, ол Жумагүлге қалай көринудиң есебин таба алмады (Ө.Айжанов). Өз балаң өзегине тепсе де кетпейди, кисиниң баласы кисендесең де турмайды (ққ.х.н.). Баласының жаўда қазаланған күйиги менен келининиң саў басы саўдаға түскен дәрти қосылып, өрт болып шарпып келип өзегин өртеген соң кемпир еки-үш күн дағдырып отырды да, баласын арқалап тал түсте Ержанның үйине барды (Қ.Султанов). Қадыр ишке кирип бир кесе суды симирип ишежақ болып еди, аш өзекке қарасуўжақпады (Қ.Султанов). 5. Дәне, мөжене.