ӨЗЛЕСТИРИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Пайдаға асырыў, жарамлы етиў.
Жигит ҳәм қызлар партияның шақырығы менен тынды өзлестириўге кетти (Г.Есемуратов).
Барлық дәўирлерден мәденият мийрасларын сайлап алыў ушын критикалық көз бенен өзлестиремиз (Б.Исмайлов).
2. Санасына жетип барыў, түсиникли болыў, сиңиў.
Пәнди өзлестириў.
3. Баскаға тийисли нәрсени өзиники етип алыў, ийелеп алыў.
Биреўдиң китабын өзлестириў.