⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ӨЙБЕЙ

Қарақалпақша

т. с. Таңланғанда қорыққанда, сезикленгенде, қайран қалғанда айтылатуғын сөз. — Өйбей балам-ай, бир нәрсе ҳәрекетлеп кетпегенин айта бер (Т.Қайыпбергенов). Өйбей уятсызлар-ай, жасы үлкен жасы кишиден уялсайшы (М.Өбдиреймов). Өйбей мынаўсы не? — деп орнынан ырғып турып үсти-үстине қолын силкти (А.Бекимбетов). Өйбей!... деген кемпирдиң ашшы бөд даўысы шықты да сылқ етип қулады... (К.Султанов). Өйбей маңдайым ай! (К.Султанов).