ӨКПЕЛЕЎ
Қарақалпақша
ф. Биреўге иренжиў, кеўили қалыў, гийне қылыў, қапа болыў, кеўилге аўыр алыў.
Бир сөз айтсаң өкпелер.
Суў көтермес сиркеси (И.Юсупов).
Бийтке өкпелеп тонды отқа салып алмайсыз ба? — деди бийлердин бири (Т.Қайыпбергенов).
Өкпелеп жүрегөрме, жаным, текте, Ийтинди жек көремен, жаным бирақ (И.Юсупов).
Керисинше қандай жақсы, Өзимсинип, өкпелеп, Төбелесип тарқасады, кек сақлаўды билмеген (Ә.Әжиниязов).
Қудайға несине өкпелейсең, ол өз ўақтында қыраўын жибереди, суўығын жибереди (А.Садықов).
Өкпелеп жүрме, қудағай (К.Султанов).