ӨКПЕЛИ
Қарақалпақша
кел. Биреўден қапа, ренишли, өкпелеген, гийнели, ренжиген, кеўли қалған.
Бирақ бул сумлықты түсинбеген Айпара саған қатты өкпели (Г.Изимбетов).
Апарады екенсең-ғо, — деди қасымдағы жигит маған өкпели тигилип (М.Нызанов).
Сырласпаймыз ай менен, ай да бизге өкпели, Тереклер де серт қылған, жапырақларын төкпеди (А.Қойлыбаев).