⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ӨЛИМ

Қарақалпақша

1. Жаны шығып, тиришилик қәбилетин жоғалтып, қайтыс болыў. Белли әжелге тутылды, бай өлимнен кутылды («Мәспатша»). Өлимге оның жалынбай, Көрдим алысып атканын (И.Юсупов). Өлим есине түссе, тула бойы саўдырап, жүйкеси қурыйды (К.Султанов). Өлимнен басқасының қәммесиниң шарасы табылады (А.Садықов). 2. аўыс. Намыс, ар, уят. Ойнасы менен усланыў өлим. Өлимнен уят күшли (ққ.х.н.). Билдим: Сенсиз жасаўшынын айтқанда, Ол хәтте өлимнен бетердей маған (Ә.Әжиниязов).