ӨЛИМДАР
Қарақалпақша
кел. Өлимге буйырылған, өлиўге тийисли, өлтириўге тийисли.
Өзи өлимдар, малы талақ деп аламанға жар шектирди («Мәспатша»).
Егер айтпасаңлар атларыңыз қазналық, басларыңыз өлимдар дейди патша (Қ.Айымбетов).
«Өзи өлимдар, малы патшалық» деп ҳүким етилип, таланған, туқымқурт етип қырылған бул хожалыққа артық дүнья не жесин? (А.Садықов).