ӨЛИМТИК I
Қарақалпақша
ат. 1. Өлик, жемтик, өлген зат.
Бир аш бөри тамақ излеп жүрип бир өлимтик тапты (С.Мәжитов).
Есабы жоқ шаң басып қалған өлимтиктиң сүллерин көрди («Мәспатша»).
Өлимтиктиң ийиси пүткил чердақты алып кетти (М.Нызанов).
2. Өлейин деп турған, иске аспайтын арық, тырыс.
Өкелди алдыма түйе, Жағылды бетиме күйе, Өлимтикке болдым ийе, Буны ҳеш бир умытпаспан (Күнхожа).