ӨЛШЕМ
Қарақалпақша
ат. 1. Өлшеў бирлиги; көлем, мөлшер, шама.
Аяқ кийимниң өлшеми.
Қағаз ақша пул қурақым болмайды, Өлшем-қуны, алтын-зерден айрылса (Ә.Әжиниязов).
Ҳәр бир командирдиң уқыбы, тапқырлық ақылы, адамгершилик салмағы елатын жүдетпей, урыстың қыйын аўыртпалығына қайыспаған полат белине қарап, ўатанға тартыў еткен сыйлығының өлшемине қарап бахаланады (К.Султанов).
2. Салмақ, аўырлық.