ӨЛШЕНИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Тәрезиге тартылыў.
Қойлар гөш комбинатына алып келиниўден тәрези салынып өлшенеди (газетадан).
2. Бир нәрсенин көлемин есаплаў, шамасын анықлаў.
Сөз бенен емес, ис пенен өлшенеди, ыраслықжайы (С.Мәжитов).
Улыўма қорғаў кураллары ислетилгенде жер бетинен 0,5; 1,0 хәм 1,8 метр бийикликте өлшениўи зәрүр (газетадан).
Абитуриенттиң дене температурасы өлшенип, дезинфекция «туннел»инен өтип, аймақ ямаса имаратқа киргизиледи (газетадан).