⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ӨНДИРИС I

Қарақалпақша

ат. Өндирис күшлери ҳәм өндирис қатнасларына тийкарланып материаллық байлықларды өндиретуғын кәрхана. Өндирис кең, ал шийки зат жетиспесе ис насаз (Т.Сейтжанов). Өнимди ислеп шығарыў ушын үш түрли өндирис ресурслары пайдаланылады. Соның менен бир қатарда әскерий өндирис, конструктор бюролары реформа қылынып, ықшамластырылды (газетадан). — Пиримбет өндирис алдынғысы емес, тек жылтыраған саўлат (О.Әбдирахманов).