ӨНЕР I
Қарақалпақша
ат. 1. Белгили бир көнликпе, шеберлик талап етилетуғын, тиришиликтиң тийкарғы дереги есапланыўшы ис, кәр, кәсип.
Әлпешлейди ярындай кып, Өнери еди сүйип алған (Ш.Артық).
Қолынан келмейтуғын өнери жоқ (Ж.Аймурзаев).
Қолында, өнери бар жигит (Қ.Аралбаев).
Сапардан еки-үш айға шекем «әскерлик өнерди үйренип атырмыз», — деген хат үзилмей келип турды (К.Султанов).
2. Қандай да бир истеги шеберлик, талант, усталық талап етиўши ис-ҳәрекет.
Ҳеш ким мин таппас қәдди-бойыңнан, Өнер десе он бармағың ойылған (К.Султанов).
Адам көрки әўладына өткендей, Өтти қызға шешесиниң өнери (И.Юсупов).
Бола берсин озық өнер байрамы, Қаракалпақ елатының төринде (Ә.Әжиниязов).
0 Өнер шығарыў — қылық шығарыў.
Асанның әдети ҳәр күни таза өнер шығарады.
(О.Әбдирахманов).
Өнер баслаў — тәсил, қылық шығарыў.
Жаў-жарақты таслады, Тазадан өнер баслады («Мәспатша»).