ӨНИМ
Қарақалпақша
ат. 1. Иеленген жумыстан алынған нәтийже, түсим, табыс.
Жердиң ызғары барабар болмаса өним де аз болады (Ө.Айжанов).
Көкөзек жерлери өним бергендей, Бәхәр болса дөнер моншақ дизгендей (Әтеш).
Жасыл көрпешедей қырқ курақлы, Шалы атыздан өним алдың турақлы (Ә.Әжиниязов).
2. Пайда, өсим, нәтийже.
Исиниң өними болыў.