⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ӨРБИЎ

Қарақалпақша

ф. Көбейиў, раўажланыў, жасарыў, хәўижлениў, тараў. Өрбиген өсимликтиң көлеңке тартты бойын (Г.Есемуратов). 0 Өрбип-өсер ўақ болмаў — көбейип раўажланыўдың ўақты болмаў. Бурынгы әййемги заман, Қай ўак жақсы, қай ўақ жаман, Он сегиз мың аламан, Өрбип-өсер ўақ болмады (Бердақ). Асыраўшы анаң еди, Өрбимей үрим-путағын (И.Юсупов).