ӨРЕ
Қарақалпақша
ат. 1. Тирепберди, үй-жайдьщ, әйўанньщ ишине белликке тиреп қойылған ағаш.
Өреге шаншыўлы турған орақ пенен кендир жипти кесип, сылқ етип жерге түскен қызын кушакдап алды (А.Бекимбетов).
Оның биразының кдпталындағы темир листлери кесип яки жулып алынған да, арасындағы өрелери адамның қабырға сүйегиндей сийрексип турған еди (М.Нызанов).
2. аўыс. Тирек, жәрдемши, куўат.
Сөздиң дурысын айтканда, Тиреп турған аспанды, еки бирдей өрем бар (Бердақ).
Айдос бий журттың өреси (Бердақ).
Өтириктиң өрелерин қулатты, Менменликтиң енди сақалы болар (И.Юсупов).
0 Аспанның өреси — аўыс. тиреп туратуғын.
Аспанның өресин үстиме тайдырып жиберсең де дегеним-деген (Қ.Аралбаев).
Өре текиймет — ҳәр түрли рендеги бояўлар менен боялып, нағысланып басылған кийиз, бөлек орам.
— Аяғы жерге мүнәсип емес екен деп астына бир өре текиймет таслады (ққ.х.е.).
Оты өре жанба] — жөнленбеў, дурысланбаў, келиспеў.
Әгаштаның былғанып, отың өре жанбайды (К.Султанов).
Өре бастырмаў — кесент бериў, жөнлендирмеў, келиспеў.
Шаққан тақырға гүл көгерткен жоқ, дейди, өре бастырмайды (Г.Есемуратов).