ӨРИМ
Қарақалпақша
ат. Айқастырып тоқылған зат, бурым.
Бул ўақытта Қыдырдың мойнына сегиз өрим бузаў тил қамшы шырп ете қалды (С.Хожаниязов).
Шашынды бир өрим етип өрип, орамалыңды тарта ғой, баслық баланың өзлери усы жаққа киятыр, — деп кемпир төрге шығып үйдиң ишин жыйнастыра баслады (К.Султанов).
Анасы пақыр қызының шашы өримге келиўден қолына ийне услатып, кесте үйретти (К.Султанов).