ӨРМЕК
Қарақалпақша
ат. 1. Ийирилғен жүн ямаса пахта жипти тоқыў ушын қолайластырылған әпиўайы станок.
Өрмектеги мын сабактың бирисин, үзген менен ғилем қалмас тоқылмай (И.Юсупов).
Өрмектиң арқаўы кемис (Т.Қайыпбергенов).
Мен айтарман: өз өрмегим танылса, Қарыйдарлар бизге бер деп жалынса (Ә.Әжиниязов).
2. Өрмекшиниң дузағы, торы.
Суўдың бетине сулыў өрмек салды (К.Султанов).
0 Өрмек салыў.
Аспанның уша басына өрмек салып, узаққан жекке-сийрек көрўаналардай шубырып ушқан тырналар қублаға қарай өтип кетти (К.Султанов).