⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ӨРМЕКШИ

Қарақалпақша

ат. биол. Тор тоқыйтуғын буўын аяқлы жәнлик. Оның қурған аўы маған өрмекшиниң аўындай көринбейди (Т.Қайыпбергенов). Мүйешлерде тор-тор өрмекшиниң уялары (Ә.Шамуратов). Билесең бе, өрмекши суп-сулыў аў тоқып, оған бир шыбын-ширкей илинип қалыўын бир шетте турып гүзетеди (М.Нызанов). Өрмекши аўына түскен шыбындай, Жигит байғус қалған жипсиз тусалып (И.Юсупов).