ӨРТЕЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Жандырыў, күйдириў, от бериў.
Жаўлар өртеп, шаўып алып, Көп азаплар берди оған (И.Юсупов).
Душпанлар басып киргели, халық таңданады, қаланы өртейди (Қ.Айымбетов).
Пахта, май заводдарды бузған, өртеп, оларды да жаңадан онлаў, я жаңадан салыў керек еди (Қ.Ирманов).
Мақпал көлдиң ултанындағы орып жыйналған пишенлерди де өртеўи тосыннан болған жоқ (Х.Сейтов).
Сонда қайтыс болған адамлардың денесин усы төбешикке әкелип таслап, сүйеклери еттен сылынғаннан кейин, өртеп, күлин дәрьяға шашатуғын болған (М.Нызанов).
2. аўыс. Ишин күйдириў, қайғыға салыў, жандырыў.
Бекниязов шыдамсызлық пенен бирден ишин өртеп турған саўалды айтып салды (А.Бекимбетов).
Еки қатын күндеслиги ишин өртеген бәйбише бийдиң салқын қарағанына бултыйып қалды (К.Султанов).
3. аўыс. Денениң ысыўы, температураның көтерилиўи, денениң лаплаўы.
0 Жүрек-баўырыңды оттай өртеў — ғыж-ғыж қайнатыў, күйдириў.
Ең алды менен журттан бурын өз үйиң, өз әкеңнен бундай сөз еситиў ғыжырданынды қайнатып, жүрек-баўырыңды оттай өртеп, жаныңа тийеди екен (Ө.Хожаниязов).
Тула бойын өртеў — денесин қыздырыў, жандырыў.
Тула бойын өртеп, иши жанып отларға («Қырқ қыз»).
Сап жүрегин өртеў — саў, пүтин жүректи қыздырыў, жандырыў.
Сап жүрегин өртеп иши дүт болып, Тири қалдым ақыр түби қут болып (Т.Қайыпбергенов).