⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ӨРТЕҢ

Қарақалпақша

ат. 1. От тийип жанған жер, от-шөби өртенген майдан. Мине олар бәҳәрги өртеңнен сүтилмек терип жүр, әне саратанда сүтилмек әшекөйин үзип, бир-бириниң аўзына салып атыр (О.Әбдирахманов). 2. Отынның, ағаштың жанып қара көмир болған қалдығы. Түсин өртең шалғандай еки ғарры төнкериўли турған кемелерди сарлатып майлап жүр (К.Султанов). Теңиздиң терең жерлериндеги жайылым, шалшық суўларында өскен нуў қарағай қамыс, жыңғыллықлар жасын түсип, өртең шалған (Ө.Өтеўлиев).