ӨРШЕЛЕНИЎ
Қарақалпақша
ф. Қарсы турыў, қырсығыў, қасарысыў.
Бул сырын паш еткиси келмей өршелене түсти (К.Султанов).
Бар болса шығар қамшыңды! — деп қайта бурынғыдан да бетер өршеленип арт бетине жалт-жалт қарай берди (К.Султанов).
Бирақ, оның албырағанын билип, Төребай өршеленип сөйледи (К.Султанов).
«Ким айтты өйдеп? Бизге барлығыңыз бирдейсиз» десем, ол өршеленип «Онда неге Гүлжаныңызға әперген көйлегиңиздиң гүл нағысы шыйратылып турыпты, ал маған әперген иңизиңдиң нағысы атқулақты жәпырағындай сықылсыз» — дейди (О.Әбдирахманов).