ӨРШЕЛЕСИЎ
Қарақалпақша
ф. Қасарысыў, қарсыласыў.
Бирақ Күнхожа тағы қазы менен өршелесип, өз пикирин дәлиллемекши болды (К.Султанов).
Ерден қалған гошшақлар.
Кем-кем тасып ғуржаңпар, Өршелесип қорқып саспай, Ат шапты майдан ишинде («Мәспатша»).
Адамлар оянып кетпестен бурын шөкелеген үйге жетиўге қанша күш салса да, ийтлер оннан бетер өршелесип, аяғын қарсы бастырмады (К.Султанов).