⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ӨСИЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Көгериў, өнип шығыў, узайыў, жетилиў. Жыңғыллар менен тораңғыллардың күтә қалың өскен жери екен (Т.Қайыпбергенов). Таўларда бағ өсер мақпалдай дөнер, Дослық жигитлери бунда да өнер (И.Юсупов). Есиғимиздиң алдында еки түп тут ағашы өсип турады (Ө.Айжанов). Өссе бир түбиңнен мың болып шақаң, Шүкирим көп тәғдириме ырзаман (Ә.Әжиниязов). Қумлақ жерлерде өсетуғын сексеўил бурынлары қолдан егилмес еди (Ө.Өгеўлиев). 2. Кәмальша келиў, ержетиў, бойжетиў. Жас едиң сен өстиң күшиңе толдың, Ҳадал мийнетинен мындаған қолдың (Д.Қасымов). Бираз азғана сабыр етсең, Бойың кем-кем өсер сениң (С.Мәжитов). Өзим қатар өскен балалар бәримиз, Билер еди ҳәр ким өзиниң көриң (Ә.Әжиниязов). 3. Раўажланыў, ҳәўижлениў, жетисиў, гүллениў, көбейиў. Даўысы жер гүңирентип от қараз турған техникасы өсип гүлденген қала (С.Нурымбетов). Әлпешледиң болып анам, Қушағында өсти санам (Т.Сейтжанов). «Жаңа турмыс өссин» дедиң шөгирме (И.Юсупов). 0 Кеўли өсиў — шад болыў, мәс болыў, кеўли көтерилиў. Күн салқында азанда ел көшеди, Көшкен күни адамның кеўли өседи (Әжинияз). Кеўили өскен жасаўыллар, Шыр-пыр болып саўаш қурды (Д.Қасымов). Өсип-өниў, өсип-өрбиў — раўажланыў, ҳәўижлениў, гүллениў, жетисиў, көбейиў. Олар Тундрада, Дон шахтасында ҳәзир өсип-өнип нығайып барар (Ш.Мәмбетмуратов). Мәйек туўады, палапанлайды, өсип өрбийди (Ж.Аймурзаев). Сонда да өсип-өрбиў болады (Т.Қайыпбергенов).