ат. Ҳаўа, суў ҳәм топырақтағы органикалық хәм анорганикалық затлар менен азықланатуғын, жерде көгерип бир жерде қозғалмай раўажланатуғын организм.
Жабайы өсимлик.
Мәдений өсимлик.
Бир ўақытлары усы кәраларды жабайы өсимликлер басып ҳәм жабайы ҳайўанатлар мәкан етип жатқан (С.Хожаниязов).
Көк өсимликлер үстинде гүбелеклер ушып-қонып айланып жүр (Қ.Айымбетов).
Ол дарақ емес, бир жыллық өсимлик! (М.Нызанов).
0 Дәрилик өсимликлер — Жапырағы, пакдлы, тамыры, жемиси ямаса гүлиниң курамында шыпалық қәсийетке ийе затлары бар ҳәр түрли аўырыўларды емлеўде қолланылатуғын өсимликлер.
Санаат көлеминде химиялық синтез арқалы алынып атырған ҳәр қыйлы дәри-дармақлардың баҳасы дәрилик өсимликлерден алынатуғын дәри өнимлерине қарағанда бираз қымбат болады (газетадан).
Декоратив өсимликлер — парк ҳәм көшелерде сән ушын өсирилетуғын өсимликлер.
2018-жылда «Flowers Garden» компаниясы декоратив өсимликлерди жетистириў бойынша үлкен кәдем таслады (газетадан).
Өсимликлер анатомиясы бот.
Өсимлик клеткалары менен тоқымаларының дүзилиси, раўажланыўы ҳәм функциясын үйрениўши ботаниканың бир бөлими.
Өсимлик гельминтоспориозы бот.
Гельминтоспориўм тукымласына киретуғын ҳәр қыйлы замаррыкдар (ғрибок) пайда ететуғын өсимлик кеселлиги.
Көбинесе бийдай, мәкке, жүўери, арпа сыяқлы дәнли егинлерде ушырасады.
Өсимлик географиясы бот.
— Фитогеография — өсимликлердиң жер бетине таралыўын изертлейтуғын ботаника менен физикалық географияның бир бөлими.
Өсимликлер географиясы илим ретинде XVIII әсирдиң ақыры XIX әсирдиң басында қәлиплести («Ботаника» саб.).
Өсимлик гормоны биол.
Фитогормонлар — өсимликте зат алмасыў процесинде үзилип, орган қәлиплесиўине тәсир ететуғын физиологиялық белсенди затлар.
Өсимлик гормонының қолдан жасалған түрлери де пайдаланылады (газетадан).
Өсимлик дүньясы — тәбиятта, белғили бир орталықта өсетуғын өсимликлер жыйындысы.
Өзбекстанның өсимликлер дүньясы емлик қәсийетке ийе өсимлик түрлерине жүдә бай (газетадан).
Өсимлик зыянкеслери бот.
— Өсимликлердиң өнип-өсиўине зыян келтиретуғын ямаса пүткиллей куртып жоқ ететуғын жәнликлер.
Бундай карантин илажлары өсимликлер дүньясын зыянлы организмлерден қорғаў, өсимлик зыянкеслери ҳәм кеселликлериниң бир аймақтан екинши бир аймаққа тарқалыўының алдын алыў мақсетинде шелкемлестирилмекте (газетадан).
Өсимлик иммунитети бот.
— өсимликлердиң кеселлик қоздырыўшылар менен зыянкеслер тәсирине шыдамлылығы.
Өсимлик интродукциясы бот.
— Өсимлик түрин, сортын бурын өспеген жерге, аймақларға апарып өсириў.
Өсимликлердиң интродукциясы ҳәр түрли мақсетлерде жасалма түрде жаратылған фитоценозлардың өнимдарлығын арттырыў ушын үлкен дерек есапланады (газетадан).
Өсимлик карантини бот.
— басқа жерлерден өсимликлердиң қәўипли зыянкеслери, кеселликлери, ҳарам шөплери әкелинбеўине, таралмаўына, ал булар пайда болған жагдайда оларды жоқ етиўге бағдарланған мәмлекетлик илажлар.
Өсимликлер карантини объектлерин тасыўшылар болыўы мүмкин болған өсимликлер, олардың бөлеклери, егис материаллары, қайта ислеў өними, басқа өним ҳәм жүклер — карантин астындағы өним есапланады (ҚҚР Өсимликлер карантини ҳакқындағы Нызам).
Өсимлик кенеси зоол.
— кенелер отрядына киретуғын қөдимғи өсимлик пенен азықданыўшы кенелердиң бир неше туқымласы.
Өсимлик кенесиниң бир неше түри өсимликлер менен азықланады (газетадан).
Өсимлик кесели бот.
— Кеселлик қоздырыўшылар тәсиринен ҳәм де жасаў орталығының жағдайынан өсимликтиң ямаса айырым органларының зақымланын, шириўи, жоқ болыўы.
Өсимлик қабығы бот.
— Пакал менен тамырды тиришилик орталығының қолайсыз жағдайларынан қорғайтуғын клетка.
Өсимлик майы аз.аўқ.
— ҳәр қыйлы өсимликлер дәнесинен техникалық жол менен алынатуғын тәбийғый өним.
Өсимлик майы, балық майы ҳәм ғоза өнимлери организмниң асқынланыў процеслерин жеңиўге жәрдем береди (газетадан).
Өсимлик морфологиясы бот.
— Ботаника илиминиң өсимликлердиң раўажланыўындағы сыртқы, ишки қурылысын, формалық жақтан қурылыў нызамлықларын изертлейтуғын бөлими.
Өсимлик морфологиясының тарийхый раўажланыўы даўамында оннан өсимлик анатомиясы, өсимликлер эмбриологиясы, цитология сыяқды тараўлар өз алдына пән сыпатында ажыралып шықты («Ботаника» саб.).
Өсимлик селекциясы дийқаншылық.
— Дийқаншылық егинлериниң жаңа сортларын, гибридлерин шығаратуғын илимий метод.
Өсимлик селекциясының негизги мақсети сортлардың суўсызлыққа, суўыққа, кеселликке, зыянкеслерге ҳәм де қәлеген ҳаўа райы шараятына қарамастан өнимдарлығын жоғалтпаў болып табылады (газетадан).
Өсимлик сорты бот.
— морфологиялық белгилери, биологиялық қәсийетлери уқсас ҳәм де аўыл хожалығында әҳмийетли мәдений өсимликлер түри.
Өсимлик сферасы бот.
— өсимликке (ҳаўадағы ямаса суўдағы жапырағына, пақалына, туқымына ҳәм т.б.) тәсир ететуғын ҳаўа ямаса суў орталығы.
Өсимликлерди қорғаў экол.
— Аўыл хожалығында мәдений өсимликлерге зыян келтиретуғын организмлер менен гүресиў илажлары.
Өсимликлер формациясы бот.
Фитоформация — флоралық қурылысы ҳәр түрли, бирақ өсимликлер өскен орталығы менен ботаникалық түрлери уқсас бир неше ассоциациялар.
Өсимлик физиологиясы бот.
Ботаниканың өсимликлердиң тиришилик процеслерин, зат алмасыўын, ҳәрекетин, өсиўин, раўажланыў ритмин, көбейиўин үйренетуғын бөлими.
Өсимлик чайлары мед.
— ҳәр түрли дәрилик өсимликлердиң жапырағы, гүли, тамыры, жемислеринен чай тәризли қайнатып исленетуғын дәрилик суйықдық, ямаса сол зат таярланатуғын кептирилген унтағы.
Төмен дәрежели өсимликлер бот.
— бир клеткалы, колониал ҳәм көп клеткалы организмлер есапланып, денеси тоқыма ҳәм де органларға ажыралмаған болады.
Жоқары дәрежели өсимликлер бот.
— тамыры, пакалы, жапырағы, гүли хәм түйнеги бар, көп клеткалы өсимликлер топары.
Жер шарында 300 мыңнан аслам жоқары дәрежели өсимлик түрлери бар болып, олардан тек 2500 ге шамалас түри адамлар тәрепинен пайдаланылады (газетадан).