ӨТКЕЛ
Қарақалпақша
ат. 1. Өтиўши ушын қолайлы жер, бир жағадан екинши жакқа өтетуғын орын, жайпаўыт, жасқа.
Өтеп өзектиң өткелиниң батыс жағында, — деген даўысы зорға еситилди (Т.
Қайыпбергенов).
Жийекти сығалап, олар бир мәҳәлде бир қыснақ өткелге гезлести (К.
Султанов).
Мен хәм кешип өттим талай өткелди, Көрдим Кавказдағы гөззал «Көк көл»ди (Ә.
Әжиниязов).
2. Басқалдақ, паяпыл.
3. Аўыс. Басқыш, дәўир.
Қыйыншылыкқа жол бермей көп өткелден өтеди («Қырқ қыз»).
Қыйын өткел еди атлаған жери, Бирақ ол өрледи алга, илгери (И.
Юсупов).
4. Аўыс. Өмир, тиришилик.