ӨШПЕНЛИ
Қарақалпақша
кел. Қаслы, кекли, өшли.
— Неге сен маған тап тордағы жыртқыш ҳайўанға қарағандай өшпенли, жек көриўши суўык нәзериң менен бетленип қарайсаң? (А.Бекимбетов).
Келгели өшпенли жасаўылда не турыс, қасына куйынлатып шаўып-жетип келди (К.Султанов).