⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ӨҢГЕ

Қарақалпақша

кел. Өзге, басқа, бөтен. Жарқыратып теңгесин, Қойып истиң өңгесин, Шақырып алды қасына, Сөзге шешен жеңгесин («Қырқ қыз»). Өкпем көп болса да, өңгесин айтпайман (Ж.Аймурзаев). Өңге қус ушса да, ушпас қарабай, Шашынды өсирдиң жуўмай-тарамай (ққ.х.н.). Әрманың бар оннан өңге, Ҳәм кәйинге болып жеңге, Жат еллерде турсаң келин (Бердақ).