АЙ I
Қарақалпақша
ат. астр.
Аспан денеси, жердиң жолдасы, белгили бир муғдар ишинде түнге жарық берип туратуғын аспан кеңислигиндеги дене.
«Есиме түсер мениң, Суў бойына келгениң, «Ай не ушын жалғыз» деп, сырлы саўал бергениң... (И.Юсупов).
Таў үстинен көтерилип өрмелеп, Дөңгеленип күтип турды бүкир ай (Ө.Хожаниязов).
Тәбиятты бағындырып, елди абат кылдық, ракета айландырып Айға флаг кадаттырдық (Т.Сейтжанов).
0 Айға шабыў — өршелесиў, жулқыныў, көтерилиў, бетерлениў, ҳәкислениў.
Халық ғазабы айға шапса сендеги, Айға шаптың арысландай ақырып (Қ.Айымбетов).
Ай киби — айдай арыў, кемиссиз, күндей сулыў, көркем, сымбатлы.
Он төрттен туўған ай киби, Келер саллана-саллана, Тумағалы қумай киби.
Келер саллана-саллана («ққ.х.қ.).
Ай көкси — өңири, жарқын жүзи, келбети, бет алды.
Елимиз әзелден мәртлер мәканы, Тыңларда теңселер ақ буўдай кәни, Ай көксин желписе жеңис байрағы, Атызда ақ алтын өмирдиң сәни (Т.Сейтжанов).
Айкөрмек (айгөрмек) — балалар ойынының аты, тас қараңғылық, жасырынбақ.
Мешити айкөрмектей, тас қараңғы зулыўмет, Киргенди соқыр қылар қамап, қараңғы торына (И.Юсупов).
Шеңгел қора жер төлениң бир жағы, Айгөрмектей үсти ашық тур тағы (С.Нурымбетов).
Айгөлек — ойынның түри.
Айгөлек, айгөлек, Айдан басқа не керек, Айдан артық қыз керек (ққ.х.қ).