АЙ II
Қарақалпақша
ат. Ўақыт, мүддет, белгили бир муғдар аралығы.
Усылайынша арадан үш ай өтти (Р.Тагор).
Дәрўазанын қапысын бир жыл төрт ай соқтырды («Қырқ қыз»).
Узын жол, қысқа сөз бенен бир неше айда елине жетеди («ққ.х.е.).
0 ай сайын — ҳәр айда, айма-ай, тынбастан, арасын үзбей.
Военкоматқа барған екен, оларына да ақша шығарыпты, майыплығы ушын да ай сайын қуры емес бирнеме беретуғын болыпты (Ө.Хожаниязов).