АЙЫРЫЎ
Қарақалпақша
ф. Бөлиў, еки жаққа жибериў, сортлаў, жақсы-жаманын, ақ-қарасын, хақын-нахақын билиў, шигинин айырыў, басқа бағдар алыў, жыртыў, өзгеше бир түс алыў.
Екеўин айырып байлады да, асығып үйге кирди (Т.Қайыпбергенов).
...қамысты қақ айырып таяў басып Айқыз киятыр (А.Бегимов).
Қара түнди қақ айырған жулдызым, Суў түбинен шыққан хасыл қундызым («Қырқ қыз»).
Дәрбийке баласы Хожамберген екеўи кепшик толы дәнди ала бүйреги менен ушығынан айырып геўзеп отыр (К.Султанов).
0 Ақ-қарасын айырыў — анықлаў, хақлығына шығыў.
Айырып ақ-қарасын мәселениң, Темирдей принципке тутты рас (И.Юсупов).
Бет пердесин айырыў — масқара етиў.
Бет пердесин айырып, етиў керек масқара (Әд.
хрест.).
Айра түсиў — айырылыў, бир нәрседен айырылып қалыў, жуда болыў, зарығыў, көрисе алмаў.
Бәзибиреўлер айра түсти, Сүйгиликти сәўер ярдан (Ж.Аймурзаев).