⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

АЛДЫНА

Қарақалпақша

р. Ортаға, көпшиликке, ҳәммеге. Серимбет орнынан турып, жыйналысты ашты ҳәм көпшиликтиң алдына күн тәртибин қойды (Ө.Айжанов). Алдына адам салмаў — өз қатарының алды, теңлеси жоқ. Алдына адам шықнаў — ҳешким бетине қарсы келе алмады. Алдына келтириў — ислеген исин өзине қайтарды, есесин қайтарды. Алдына салды — а) көзине көрсетти, алдына жайды, б) сынатты, сарапқа салды. Алдына (кесе) тартты — а) усынды, берди, сыйлады, б) нәзерғе усынды, көрсетти, г) мәселе етип қойды, көтерди, есине салды. Алдына түсти — а) илгери шықты, басып озды, асып кетти, б) үлкенниң жолын алды, ағаның алдына түсип дәстүрди бузды, г) бағынышлы болды, мойнына алды, айтқанынан шықпады. Көз алдына келтириў — ойына алыў, еслеў, ойына елеслетиў. Келешекте ана болыўын көз алдына келтириў ҳәр қандай ҳаялға қуўаныш бағышлайды (газетадан). Өз алдына — а) жеке, дара. Ал ақыллы ҳаял әкеси туўралы жақсы сөзлерди жийи-жийи айтыў арқалы бала санасына әкеге деген өз алдына хүрмет пенен сыйласықтың урығын егеди (нәсият). Өз алдына түтин түтетиў — жеке үй болыў, шаңарақ болыў, отаў тигиў, шаңарақ көтериў, бөлеклениў.