⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

АЛШАҚ

Қарақалпақша

р. 1. Қайшы, дурыс емес, надурыс, натуўры. Гүл мәўсими өтер, бәҳәри-жазы, Биймезгил урмағай қазан аязы, Ашық Аяз сен деп питкен баязың, Бийдәрт жанлар, алшақ диллер аңламас. (И.Юсупов) 2. Алыс, еки басқа, еки тәреп. Бизлердиң жолымыз бир-биримизден алшақ түсти («Жеткиншек» г.). 3. Арасы алшайған, қашық, талтайған. Тәғдир жоллар алшақ түсип айрылып, Кетсең де...қарамай изге қайрылып. (Ақшолпан Аманияз). 4. Бөлек, дара. Алшақ басыў — аяғын талтайтып жүриў.