АЛЬМАНАХ
Қарақалпақша
(араб сөзи, ўақыт, шама) ҳәр түрли мазмундағы түрли жанрлардан туратуғын көркем шығармалардың жыйнағы.
Бурын арабларда ўақыты-ўақыты шығарылатуғын әдебий топламларды альманах деп атаған.
Олар белгили бир ўақытта, белгили бир өлшемде шыққан, соңын ала «альманах» әдебий шығармалар жыйынтығы деп түсинилетуғын болған.
Ҳәзирги пайытта да усы түсиник үстемлик етеди.
Көркем-әдебиятлық, тарийхый ҳәм публицистикалық шығармалардың жыйнағы.