АМАН
Қарақалпақша
ат. дин. 1. Қәўипсизликке кепиллик.
2. Саўлық, саламатлық, аман-есен.
Оған тоқтаўсыз илаж қолланып, оның өмирин аман сақлап қалыў керек (А.Бекимбетов).
3. Түўел, пүтин, шығынсыз.
4. Куры, бос, қатнасы жоқ.
Бас аман — баўыры пүтин, жан-жағы, айланасы, әтирапы, малы түўел.
Жаны аман қалыў — тири қалыў.
Аман бол! — тилек.
Жолға шығып баратырған адам менен хошласыў.
Мал-жан, бала-шаға аман ба? — корискенде, ушырасқанда ҳал-аўҳал сорасыў.
Тил-көзден аман болсын — тилек.
Биреўдиң көзи тиймесин деген мәниде.