⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

АР I

Қарақалпақша

Адамгершилик қәсийет, намыс, уят, хүждан. Асыраймыз, айбатым деп, арым деп, Ялғаншыда, өмирлигим, барым деп (С.Кунназаров). Қарақалпағымсаң — намысым, арым, Ал мен перзентиңмен, мәңги диярым (Г.Есемуратов). Ар көриў — намысланыў, уят санаў. Арын арлаў — намысын қорғаў, пәклигин дәлиллеўге ҳәрекет етиў, көмеклесиў. Арын сақлаў — намысын қорғаў, адамгершилигин сақлаў. Арын сатыў — намысынан безиў, уятқа қалыў. Арын төгиў — намысын қорлаў, уятқа қалдырыў. Пәнт жедим, ар-намысым ишиме сыймай жүрегимди жандырып жиберди (А.Бекимбетов).