⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

АРАН

Қарақалпақша

ат. 1. бот. Көкнар туқымласына жататуғын бир жыллық өсимлик, шөптиң түри, аран жаўын менен қырда өседи. Аран менен селеўди, Аттың оты дер еди («Алпамыс»). 2. Ерте заманларда өмир сүрген хайўанаттың бир түри. Аран киби ашылғанда аўызы, Сәл созылып саўмалаған саўрысы (Т.Қабулов). 3. Гербиш пенен темирден жасалған қоршаў. 4. Аң аўлаўда қолланылатуғын үсти жабылған терең ор, шуқыр. Үстирттеги бул сырлы объектлердиң сайғақ, қулан, арқар, жайран киби мыңлап топарласып жүретуғын дүз аңларын массалық түрде аўлаў ушын қурылған қурылыс — аран екенлигин дәлилледи (газетадан). 5. Нәпси, қулқыны. Араны ашылыў — нәпсиси ашылыў, ашкөзлениў, қанаат етпеў, мисе тутпаў, қунығыў.