АРЕНА
Қарақалпақша
(лат агепа-кум) 1. Әййемги Рим тамаша көрсетиў орынларының амфитеатр ортасындағы қум себилген айлана майданы.
Спорт ойынлары, гладиаторлар урысы, өлимге хуким етилгенлердиң жабайы ҳайўанлар менен гүрес тамашасы ушын арналған; 2. Ҳәзирги заман циркинде тамаша орны, ойын майданы, майданша, кеңислик.
Ол ҳәзир манеж деп аталады.
Цирк аренасы диаметри 13,5 м; 3. Спорт майданы — арнаўлы спорт түрлери бойынша оқыў тренировка шынығыўлары ҳәм жарыслар өткериўге арналған майданша, ашыклық, кеңислик.
4. Майдан, көпшиликке тарқатыў.
Олар әдебиятымызды кең аренаға шығарыўда шын кеўилден хызмет етип атыр («Әмиўдәрья» ж.).