⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

АРТЫҚ

Қарақалпақша

1. кел. Зыят, көп, аўысық, жеткиликли, мөлшерден тыс, жоқары, шамадан артық, мол. Томас Эдисон мыңнан артық әўметсиз тәжирийбелерден кейин ғана лампочканы ойлап тапты (Р.Киосаки). Қайсар минез артық келип күшинен, Елдиң жүгин байлап тартқан белине. Басқа емес оның өзи түсинген, керек адам екенлигин елине. (Ө.Байназаров). 2. Артып қалған. 3. Басқа менен салыстырғанда қунлы, сапалы, бақалы, артық. Сәрўидей екен бойлары, Қатардан артық ойлары, Келискен сийне сәнлери, Салланған айымды көрдим (Бердақ). 4. Дурыс, қолайлы, ең жақсы. 5. Тийимли, пайдалы. Жолым еди халқым жолы таңдаған, Ел-халқымнан артық емес жан маған (Ж.Анетеев). 6. Соннан басқа, бөтен, өзге. Меннен артық дос таптыңба, Айжамал?! Ыразы болғайсаң жаным, Айжамал!! (Г.Дәўлетова). 7. Өзгеше, басқаша, басқа. Ш алқыды ел-халық қайнап қазанлар, айралықган артық қандай жазаң бар? Енди Әмиў емес дәртли дәрьяман. (Г.Дәўлетова). И нсанға сөзден артық тәсир ететуғын курал жоқ. (газетадан). 8. Бир нәрсениң заттың, истиң, қәсийетгиң, несийбениң көбирек болыўы. Ерте турған жигиттиң ырысы артық, ерте турған қаялдың бир иси артық (ққ.х.н.). Азанда ерте турған кисиниң бир несийбеси артық (ққ.х.н.). 9. Өз қунынан жоқары, кымбат. Артығы менен қайтарыў — еселеп қайтарыў. Артық болды — асып кетги ямаса жақсырақ болды. Артықлық етпеиди — пайдасы болмаса, зыян келтирмейди. Артық кетти — қаттырақ кетип, ренжитип алыў. Артық сөз — жөнсиз сөз айтыў, байқамай айтылған артық сөз. Артық туўған — өзгеше жаратылған. Басы артық — пайдаға аспайтуғын, қәжетсиз. Артық көриў — а) қәдирлеў, қымбатлы; б) унатпаў, унамсыз есаплаў. 10. Ер адам аты.