АРҚАЎ
Қарақалпақша
ат. 1. Улыма тоқылатын (таўарлардың) затлардың кесе тартылған жиби.
... үстине бөзден арқаўы ерисинен көре сирек төкилген алашадан тигилген гөне күнник шапан киилген,... (Қ.Ирманов).
2. Сүйениш, тирегиш бир нәрсениң екинши бир нәрсеге қосымш, толықтыру, биреўиниң кемин екиншиси толықтыру мәнинде.
Биреў арқаў, биреў ерис, Апа бала усап арқаў ериске.
Сол азалы жылы мынаў қызымды, Атландырған едим бир үлкен иске (И.Юсупов).
0 Арқаў ету — негиз қылу.
Арқаўы бос — табиғаты жеңил, бос.
Арқаў-ерисли — бир-биреўге мәдет, ес, тирек.
... солай болған соң арқаў-ерисли болып күн көрмесек бола ма? Басыңа түссе баспакшы боларсың — деген (Қ.Ирманов).