⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

АРҚАН

Қарақалпақша

ат. 1. Зығыр, кенеп, кендир, пахта жип, жүннен, қылдан, қазирги ўақытлары синтетик талшықлардан, сымнан да есилип даярланатын, байлаў үшин қолланылатын буйым. Жүн арқан. Қыл арқан. Сым арқан. Аумасын деп жолларда, Арқан менен берик тартты («Алпамыс»). 0 Арқан бойлы — арқанның бойындай, онша жоғары емес, жаңа тикленген, жаңа ғана көтерилип киятырған. Биз аўылдан шығып далаға жинала бастағанымызда күн арқан бойлы көтерилип, нурлы сәулесименен жер жүзин жайнатып қыздыра бастаған еди (Н.Дәуқараев). Арқан салу — 1. мөлшерлеў, өлшеў, салыстыру. Айтқаның өзиңе жөн шығар қурдас — деди Гүлбий узақ, жақын аўызда деп, арқан салып өлшеп отырғанымыз жоқ, молла қайнағаның баласы деп, орынды саған бердик. Әпиў етесиз (К.Султанов). 2. Арқан есу — ертеде қыл менен қылшық араласқан түтилген жүннен бураў, есу арқылы қолланылатын жўан, узын жип жасаў әсили. Арқанды узын (кең) тастаў — өз жөнине қойып, билгенин истеўине жол қойып беру. Арқанда жүрген — арқанлаўлы, байлаўлы, өриске жиберилмеген. Кендир арқан — ертеде кендир өсимдигинен есип жасалған жўан, берик жип. Мойнына арқан салу — жипсиз байлап қойғандай, айтқанын қылдырып қою. Қыл арқан — о дүние яки өлим мәнин аңдатады. 2. Қара үйди кииз бенен орап таңатын баў-шўы.