⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

АС

Қарақалпақша

ат. 1. Адамзаттың керекли заты, тағамы, ишип-жеми, аўқат. Отаўға Мүширип келип, ас таяр болғанын хабарлады (К.Султанов). Мийнет пенен от жақпаған, Ас нанның қәдирин билмес (А.Дабылов). Ағайин татыў болса ат көп, абысын татыў болса ас көп (нақыл). 2. дин. Қәдирли, атакды адамның қайтыс болғанына бир жыл яки бир неше жыл өткен соң еслеў, руўхына арнап қуран оқыў, белгилеў, садақа. Ҳадал ас — ислам шәртлери толық сақланған, ишип-жеўге толық жарамлы ас, тамақ, тағам. Ас батпаў — тамақ сиңире алмаў, кеўли, мазасы болмаў, қапа болыў. Ас болсын — тилек. Жегениң сиңсин. Ас писирим — еки-үш сааттай ўақытты билдиретуғын ески өлшем бирлиги. Ас дузы — аўқатқа салынатуғын дуз. Асын ишип, асына түпириў — қәдирин билмеў, жақсылыққа жаманлық ислеў. Аўзы асқа тийиў — жасаў шараяты жақсыланыў, тәўирлесиў. Жарлының аўзы асқа тийсе, мурны қанайды (ққ.х.н.). Ас бериў (тарқатыў) — инсанды еске алыў ушын садақа бериў. Жерик ас — таңлаўлы, таңсық тағам, ҳәмиледар хаяллардың жегиси келген жемиси. Ишкен асы бойына тарамаў — кеўли кеншимеў, тыныш емес, алаң болыў.