АСПАН
Қарақалпақша
ат. Жердиң ямаса басқа да астрономиялық объекттиң жоқарғы қатламы, төбемиздеги кеңислик.
Бабам пақыр түйеде аяқласа, Мен аспанның ақ бултын жарып келдим.
(Т.Жумамуратов).
Аспан шыршалаған бадыядай көк.
(И.
Юсупов).
0 Аспанға балта ылақтырыў — ашыўланып қутырыў; аспанға көтериў, аспанға шығарыў — асыра мақтаў, марапатлаў, хүрметлеў; аспандағы айға қол созыў — шамасы келмейтуғын иске урыныў; аспанды еки ели әкелиў, аспанды жерге түсириў — 1) қорқытыў; 2) уўайымлаў, қайғырыў; аспанды тиреп турыў — қүдиретке ийе болыў.
Егер сен аспанды турсаң да тиреп, аттан түсип сәлем бермегиң керек.
(И.Юсупов).
Аспаннан түскендей — 1) тосаттан, бирден; 2) хабары жоқ; 3) түсинбейди.
Аспан үзилип жерге түсеме — уўайымлама, қайғырма, қорқпа.