АТА
Қарақалпақша
ат. Әке, әкесиниң әкеси.
Адам қартайса балаға айланады дейди.
Атамның зейнине тийип алмаңлар!... (Т.Қайыпбергенов).
0 Ата душпан — бурыннан соңғы душпан, әзелден дос емес.
Кулласы хан үжипли дәлил таба алмай үш баланы өзиниң ата душпаны қалмақ ханына жумсайды (кқ.х.е.).
Ата жолы — бурыннан киятырған ата-бабасының кәрин тутыў, солардың кәсибин ислеў.
Ҳүким қылып көп халыққа, Ата жолын қуўған екен (Бердақ).
Ата-журт (мәкан) — бурыннан соңғы ата-бабасының отырған, қоныс басқан жери, ата мәканы.
Өзиниң атақты «Посқан ел» поэмасында қарақалпақ халқының ата журты Түркстанды таслап кетиўине ел ишиндеги байлары менен бийлердиң, молла ийшанлардың себепши болғанлығы әшкараланған (Б.Исмайлов).
Ата кәсиби — 1) ата-бабасы шуғылланған кәсипти даўам етиў, жалғастырыў; 2) бойына сиңген әдет.
Ата қораз — ең үлкен, қартайған, жасаған қораз.
Аўылдың арқа шетинде еки адамның ата қоразының урысып атырғанын көрип қалды (Т.Қайыпбергенов).
Аталар сөзи — жасы үлкенлердиң, тәжирийбели кисилердиң нәсияты, кеңеси.
Аталар сөзи — ақылдың көзи (ққ.х.н.).
Ата теги — шыққан жери, ата-бабасы туўралы мағлыўмат.